Posts

Showing posts with the label #Half waiting /Bazargul Zivarova

Half waiting

КҮТЕМЕН ЯРЫМ... Кеўил бостанымды жаз етсе ышқың, Сезим талўасланып келеди кушқым, Менлик муҳаббатың  болса егер шын, Айтар сөзлериңди күтемен ярым. Уғрын бағып туў сыртымнан қарайсаң, Сеўгиң  қашшан салды жаныма ылайсаң, Нийет бир боп, сен де мендей ойласаң, Жүреклер табыссын, тил қатсаң ярым. Сырымыз  "зибан"ы  тиллесин бир дем, Сөзиң сыйқырдур, кеўил дәртиме ем, Жулдызлар санайық таңларға шекем, Қасыма  жылдырымдай жетсең, ярым. Туйғым лепиреди сен таман дейип, Сағыныш дарытпа,  ҳижранда күйип, Қәлблер шешимин бир жерге түйип, Тәғдир дәрбетинде  дуслассақ, ярым! Базаргүл Зиварова.Нөкис КҮТЕМЕН ЯРЫМ... Кеўил бостанымды жаз етсе ышқың, Сезим талўасланып келеди кушқым, Менлик муҳаббатың болса егер шын, Айтар сөзлериңди күтемен ярым. Уғрын бағып туў сыртымнан қарайсаң, Сеўгиң қашшан салды жаныма ылайсаң, Нийет бир боп, сен де мендей ойласаң, Жүреклер табыссын, тил қатсаң ярым. Сырымыз "зибан"ы тиллесин бир дем, Сөзиң сыйқырдур, кеўил дәртиме ем, Жулд...